<?xml version="1.0" encoding="UTF-8"?><song><author>Кеңесғали Айимбетов</author>
<lyrics>[V1]
 Сени алғыслап қосық айтаман,
 Сөзиңди оқып, әмел қыламан.
 // Өмиримди өзгерткен, Әке Қудайым,
 Мәңгиликке, Әке, Сени мақтайман. //

[C1]
   Бул дүньяда Сеннен меҳирлиси жоқ,
   Гүналарды алыўшы, Қутқарыўшы жоқ.
   Ийса Масийх арқалы бизлерди қутқарған,
   Мәңгиликке алғыслар болсын тек Саған!

[V2]
 Қудайым, Саған алғыс айтаман,
 Гүнакар болған бизлерди таңлаған.
 // Аспаннан бизлерге Өзиң танытқан,
 Ийсаны жиберип, бизлерди ақлаған. //

[C2]
   // Бул дүньяда Сеннен мийримлиси жоқ,
   Гүналарды алыўшы, Қутқарыўшы жоқ.
   Ийса Масийх арқалы бизлерди қутқарған,
   Мәңгиликке алғыслар болсын тек Саған! //</lyrics>
<title>Сенй алғыслап қосық айтаман</title>
</song>